Фестиваль бағдарламасынан Термиз қаласы ҳәм районлар павилонларында миллий тағамлар көргизбеси, өнерментшилик буйымлары ҳәм сувенирлер көргизбеси, "Узум сайли", "Алма сайли", "Анор сайли" сыяқлы дәстүрий байрам илажлары, миллий-этник ойынлар ҳәм жарыслар, ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлер ушын арнаўлы инфотур орын алған.
"Ләззетли Сурхан" халықаралық фестивалы шеңберинде миллий тағамлар көргизбелеринде ең шебер аспазлар ҳәм аймақ ўәкиллери қатнасады.
Сондай-ақ, "Ең жақсы миллий тағам", "Ең жақсы аспаз", "Ең белсенди аймақ" номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланады.
Жеңимпазлар ҳәм белсенди қатнасыўшылар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.