Бул жалған қоңыраў жәмийетлик тәртипти бузыўға себеп болды. Ер адам ИИБ хызметкерлериниң бөлимге келиў ҳаққындағы талабына да бойсынбаған. Суд процесинде ол өз айыбын тән алып, спиртли ишимлик тәсиринде не ислеп атырғанын түсинбегенин айтып өткен.

Суд пуқараның ҳәрекетин арнаўлы хызметлерге қастан жалған шақырыў деп баҳалап, оған 1 миллион 230 мың сум муғдарында жәрийма салды.