Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илаж БМШтың Раўажланыў бағдарламасы, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы ҳәм Конрад Аденауэр фондының ўәкилханасы менен биргеликте өткерилди.

Конференция жумысында 25 тен аслам мәмлекетлердиң омбудсманлары, инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер, парламент ағзалары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери қатнасты.

Халықаралық конференцияны Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ашып берди.

Сенат Баслығы бүгинги күнде санлы трансформация тек ғана мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында жаңа имканиятлар жаратып қоймастан, ал инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўге байланыслы жаңа ўазыйпаларды күн тәртибине қойып атырғанын атап өтти.

Соның ишинде, жеке мағлыўматларды қорғаў, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўда жуўапкершиликти тәмийинлеў, интернет орталығында кемситиў ҳәм зорлықтың алдын алыў, барлық ушын санлы хызметлерден пайдаланыўда теңдей имканиятлар жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екени, бул бағдарда парламент ҳәм Омбудсман институтының өз-ара бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Конференция жумысы үш тематикалық сессия шеңберинде даўам етти. Онда санлы орталықта ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың ҳуқықларын қорғаў, кибербуллинг ҳәм онлайн зорлықтың алдын алыў, жеке мағлыўматларды қорғаў, майыплығы болған шахслар ушын инклюзив санлы хызметлерди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Додалаў ўақтында санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўда инсан ҳуқықларына тийкарланған қатнасты күшейтиў, санлы инклюзияны тәмийинлеў ҳәм бул процессте инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтлардың ролин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Конференция шеңберинде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ниң миллий ҳәм халықаралық шериклер менен бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Илаж жуўмағында санлы трансформация шараятында инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, санлы инклюзияны кеңейтиў ҳәм санлы орталықта инсан ҳуқықларын қорғаў механизмлерин жетилистириўге байланыслы улыўма көзқараслар сәўлеленген Ташкент декларациясы қабыл етилди.