Ташкентте Ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик бойынша Ташкент декларациясы қабыл етилди

    2025-жыл 12-ноябрь күни Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызлары сөйлесиўиниң "Ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңликти тәмийинлеўге глобал ҳәм регионаллық көзқараслар" темасындағы мәжилиси жуўмақланды.

    Сөйлесиў мәжилисинде Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның парламент басшылары ҳәм рәсмий делегациялары, жаслар парламентлери ҳәм топарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери қатнасты.

    Сессиялар шеңберинде ҳаял-қызлардың сиясаттағы қатнасыўы, экономикалық белсендилиги, исбилерменлик, билимлендириў ҳәм репродуктивлик саламатлық тараўларындағы имканиятлары жедел додаланды.

    Атап айтқанда, қарарлар қабыл етиў процесинде ҳаял-қызлардың үлеси, гендер квоталары ҳәм теңликти тәмийинлеў механизмлери, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, финанслық ресурслардан еркин пайдаланыў, санлы ҳәм STEM-билимлендириў, репродуктивлик саламатлық ҳәм сапалы медициналық хызметлерден еркин пайдаланыў мәселелери додаланды.

    Сөйлесиў мәжилисиниң жуўмағында Ташкент декларациясы қабыл етилди. Орайлық Азия мәмлекетлеринде ҳаял-қызлар ҳуқықлары, гендер теңлик ҳәм турақлы раўажланыўды алға қойыў бойынша регионаллық ҳәрекетлерди тән алады.

    Сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге қаратылған биргеликтеги басламасы - Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларына Мүрәжаты таныстырылды.

    Қатнасыўшылар ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў ҳәм инновациялар, репродуктивлик саламатлық, сапалы медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў тараўларындағы тийкарғы ўазыйпаларды өз ишине алған регионаллық "жол картасы"н ислеп шығыўға келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates