Гроссмейстерди Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан шахмат федерациясының Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы басшылары ҳәм спорт жәмийетшилиги ўәкиллери салтанатлы күтип алды.

Жуўапкерлер Жавоҳирдиң жарқын табысы өзбек шахмат мектебиниң абырайын ҳәм халықаралық майдандағы орнын және де беккемлегенин атап өтти. Сондай-ақ, Синдоровқа алдағы турнирде де әўмет тиледи.

Ушырасыўда Бас министр Жавоҳир Синдоровты "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы" ҳүрметли атағы менен сыйлықлаў ҳаққындағы Президент пәрманын оқып еситтирди.

Буннан тысқары, шахматшыға Президент саўғасы - үш бөлмели квартира ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.

Өз гезегинде, Жавоҳир Синдоров ерисилген нәтийжелер менен тоқтап қалмастан, шахмат жолында жаңа шеклерди ийелеўди мақсет еткенин атап өтти.