Ташкентте 36th RCCI International Achievement Awards сыйлығы ҳәм Өзбекстан-Пакистан бизнес форумы өткерилди

    Бизнес 11 қараша 2025 662

    2025-жыл 10-ноябрь күни Ташкентте Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги басшысы Лазиз Қудратов қатнасыўында 36th RCCI International Achievement Awards сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

    Илажда фармацевтика, қурылыс, IТ, аўыл хожалығы, тоқымашылық, туризм, экспорт ҳәм импорт сыяқлы тараўларда үлкен табысларға ерискен Өзбекстан ҳәм Пакистанның компаниялары ҳәм исбилерменлери атап өтилди.

    Равалпинди саўда-санаат палатасы тәрепинен ҳәр жылы шөлкемлестирилетуғын сыйлық исбилерменликте ерисилген айрықша жетискенликлерди тән алыўға қаратылған. Олардың арасында "Жыл бизнесмени", "Жыл компаниясы", "Жыл эекспортёры”, "Инновация ҳәм технологиялар" ҳәм басқа да номинациялар бар.

    Сол күни Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Равалпинди саўда-сатық палатасы тәрепинен бизнес имканиятлары бойынша конференция ҳәм Өзбекстан-Пакистан бизнес форумы өткерилди.

    Форумның тийкарғы мақсети саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў ҳәм еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы шерикликти раўажландырыўдан ибарат. Онда 300 ге шамалас бизнес ўәкиллери қатнасты. 50 ден аслам В2В ушырасыўларында фармацевтика, IТ, туризм, қурылыс, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўлардағы биргеликтеги жойбарлар додаланды.

    Форум тиккелей байланысларды жолға қойыў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ушын әҳмийетли майданға айланды, биргеликтеги инвестициялар ҳәм еки тәреплеме бизнести раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар ашты.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates