Форум жумысында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хожаев қатнасып, жоқары дәрежедеги ўәкиллик ҳәм додаланып атырған мәселелердиң стратегиялық әҳмийетин атап өтти.
Сондай-ақ, форумның жалпы ҳәм исбилерменлик бөлиминде инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев қатнасты. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның инвестициялық потенциалы артып атырғаны, мәмлекеттиң инвесторлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлери, логистика ҳәм саўда тараўларында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын кең имканиятларды атап өтти.
Илаж даўамында биргеликтеги жойбарлардың бүгинги жағдайы, қаржыландырыў ҳәм муўапықластырыў механизмлери, темир жол, порт ҳәм жол инфраструктурасын раўажландырыўда жеке меншик сектордың үлеси додаланды. Транспорт процесслерин санластырыў, пүткил регионның транзит тартымлылығын арттырыўға қаратылған алдынғы технологияларды енгизиў ҳәм тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Форум халықаралық шериклердиң Өзбекстанға Орайлық Азияның әҳмийетли логистика хабы ҳәм жаңа инвестициялық басламаларды әмелге асырыў ушын исенимли платформа сыпатында жоқары қызығыўшылығын тастыйықлады.