Илаж шеңберинде қуслардың суўық мәўсимде азық табыўын жеңиллетиў мақсетинде арнаўлы аймақларда асханалар орнатылады, қуслар ушын үйлер таярланады ҳәм қусларды қорғаў бойынша басқа да илажлар әмелге асырылады.

Халықаралық қусларды азықландырыў күниниң тарийхы 1890-1891-жылларда, Европада қыс оғада қатты болып, Сена ҳәм Темза дәрьялары музлаған ўақытта басланған. Британия газеталарында қусларга ғамхорлық етиў ҳәм оларды қыста азықландырыў ҳаққында шақырықлар басып шығарылды. Ўақыттың өтиўи менен бул әмелият Англияда дәстүрге айланып, кейин дүньяның басқа мәмлекетлерине де тарқалған. 1984-жылы Халықаралық қусларды азықландырыў айлығы өткерилди, 1994-жылы 3-февраль - Халықаралық қусларды азықландырыў күни деп рәсмий түрде тән алынды.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан аймағында 487 түрдеги қуслар ушырасады, соннан 50 түри Қызыл китапқа киргизилген ҳәм сийрек ушырасатуғын қуслар болып есапланады. Қуслардың 320 түри (67,2%) көшип жүриўши қуслар есапланады.