Өзбекстанда репрессия қурбанларының естелигин мәңгилестириў бойынша жумыслар жеделлести

    6 қараша 2025 1060

    "2025-2026-жылларда елимизде репрессия қурбанларының турмысы ҳәм жумысын үгит-нәсиятлаў жумысларын және де жеделлестириў илажлары бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң қарары қабыл етилди (04.11.2025-жыл, 691-сан).

    Усы қарар менен "2025-2026-жылларда елимизде репрессия қурбанларының өмири ҳәм жумысын үгит-нәсиятлаў жумысларын және де жеделлестириў илажлары бағдарламасы" тастыйықланды.

    Атап айтқанда, ол төмендегилерди нәзерде тутады:

    ҳәр жылы октябрь айының биринши ҳәптесинде Сиясий репрессия қурбанларын еслеў ҳәптелигин өткериў;

    ҳәр жылы октябрь айында репрессия қурбанларын еслеўге бағышланған республикалық илимий-әмелий конференцияларды шөлкемлестириў;

    Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейиниң жумысын және де жетилистириў.

    Қарарға бола, репрессия қурбанларының туўылған жерлеринде мектеп оқыўшылары ҳәм студентлердиң қатнасыўында "Ўатан ҳәм миллет пидайылары умытылмайды" сүрени астында ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткериледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates