Қарарға муўапық, Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы төмендеги тараўларда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди:
мәлимлемелестириў, телекоммуникациялар, почта байланысы, санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
ғалаба хабар қуралларын дизимнен өткериў, сондай-ақ, олар тәрепинен нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўин мониторинг етиў ҳәм қадағалаў;
балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў.
2027-жыл 1-январьға шекем төмендегилерге мөлшерленген "Санлы қадағалаў" платформасы иске қосылады:
халықтың жасаў орынларында, соның ишинде, алыс ҳәм шетки аймақларда санлы технологиялар ҳәм телекоммуникациялар тараўында көрсетилип атырған хызметлерди мониторинг етиў;
мәлимлеме системалары, ресурслары, программалық өнимлер ҳәм мағлыўматлар базаларының бузылыўы ямаса тоқтатып қойылыўы жағдайлары бойынша тийисли илажлар көриў;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлардың оператив көрип шығылыўын шөлкемлестириў.