Қарарға бола, 2026-жыл 1-сентябрьге шекем банклер, төлем шөлкемлери ҳәм финанслық технологиялар базары қатнасыўшылары арасында мағлыўматлардың қәўипсиз алмасыўын тәмийинлейтуғын "ашық банкинг" системасы енгизиледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап төлем қуралы сыпатында турақлы токенлер айланысын тәртипке салыўдың арнаўлы ҳуқықый режими енгизиледи. Бунда:
тарқатылған мағлыўматлар реестри технологиясы тийкарында ислейтуғын төлем системасын жаратыў бойынша тәжирийбе жойбарлары әмелге асырылады.
"тәртипке салыўшы қум қутысы" режимин енгизиў тәртиби ҳәм әмел етиў мүддети Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен Орайлық банк пенен биргеликте белгиленеди.
2026-жыл 1-январьдан баслап:
Өзбекстан резидентлери болған юридикалық шахсларға токенлестирилген акциялар ҳәм облигациялардың эмиссиясын әмелге асырыўға рухсат бериледи.
Өзбекстан аймағында биржа жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алған фонд биржаларында токенизацияланған акция ҳәм облигацияларды жайластырыў ҳәм олардың айланысы ушын өз алдына саўда майданшасы шөлкемлестириледи.