Ҳүкиметтиң 2018-жыл 7-майдағы 341-санлы қарарына киргизилген қосымшаларға муўапық, Мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлер, сондай-ақ, олардың лаўазымлы шахсларының физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў бойынша жумысын баҳалаў ҳәм классификациялаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Реже талаплары мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң Президент Виртуал қабыллаўханасы менен ислесиў системасында дизимге алынған ҳәм орынлаў ушын мәмлекетлик уйымға жиберилген мүрәжатларға енгизиледи.

Мәмлекетлик уйымлардың мүрәжатларды көрип шығыў бойынша жумысы төмендеги мүрәжатлардың санынан келип шығып категорияларға бөлинеди:

дизимнен өткерилген;

қанаатландырылған;

бийкар етилген;

орынлаў мүддетлери бузылған;

қайталанған.

Таллаў нәтийжелери тийкарында мүрәжатлар менен ислесиў жумысы 3 категорияға бөлинеди:

🟢 жасыл категория - жоқары нәтийжелилик;

🟡 сары категория - орташа нәтийжелилик;

🔴 қызыл категория - нәтийжелилик төмен.

Баҳалаў нәтийжелери бойынша мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының KPI көрсеткишлери төмендеги муғдарларда белгиленеди:

🟢 жасыл категория - 100 процент;

🟡 сары категория - 50 процент;

🔴 қызыл категория - 10 процент.

"Қызыл" категорияға киргизилген мәмлекетлик уйымлардың басшылары ямаса олардың тийисли орынбасарларына интизамый жаза шаралары қолланылыўы мүмкин.