Нызамға муўапық, фото ҳәм видеожазыўдың арнаўлы автоматластырылған техникалық қураллары жәрдеминде жазып алынатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың қатаң дизими белгиленген.

Арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеожазыў техникалық қураллары жәрдеминде төмендеги ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар, соның ишинде:

қәўипсизлик ременинен пайдаланыў қағыйдаларына әмел етпеў;

транспорт қуралын басқарыў ўақтында телефоннан пайдаланыў;

белгиленген қозғалыс тезлигиниң 20 км/сааттан артық болмаған муғдарға артып кетиўи;

тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузыў ҳәм басқалар.

Сондай-ақ, бул ҳуқықбузарлықлар ушын жаза қолланыў мүддетлери анық белгиленген.

Жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы фото ҳәм видео жазыў техника қураллары арқалы анықланған жағдайда ҳәкимшилик жаза ҳуқықбузарлық жүз берген күннен баслап 1 айдан кешиктирмей қолланылады.

Ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарар үстинен шағым етилгенде, ҳуқықбузарлық жүз берген күннен баслап 1 жылдан кешиктирмей жаза қолланылыўы мүмкин.