05.02.2026-жылдағы ПҚ-47-санлы қарарға муўапық "Суў хожалығы қадағалаўы" инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм ўәлаятлардың аймақлық басқармалары структурасында суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў мониторинги бөлимлери шөлкемлестирилди.

2026-жыл 1-июльден баслап болса "Суў хожалығы қадағалаўы" инспекциясы тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде боди-камералардан пайдаланған ҳалда тексериўлер өткерилмекте. Сондай-ақ, Инспекцияға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар) хызметлеринен пайдаланыўға рухсат бериледи.

Дронлар жәрдеминде өткерилетуғын мониторинг илажлары хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын тексериў есапланбайды ҳәм "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында дизимнен өткерилмейди.

Алып кириўге рухсат етилген 20 ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыў ҳәм оларды сақлаў процесинде Инспекцияға Министрлер Кабинетиниң 15.11.2022-жылдағы "Өзбекстан Республикасында ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыўды тәртипке салыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы 658-санлы қарарында белгиленген жуўапкершилик жүкленеди.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.09.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».