Ҳүжжет Президенттиң 13.04.2026-жылдағы "Өзбекстан Республикасында электрон коммерция тараўын буннан былай да раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-136-санлы қарарына муўапық қабыл етилген.

Еслетип өтемиз, бонд қоймаханасы - сырт ел товарларын "еркин қоймахана" бажыхана режими астында сақлаў, сондай-ақ, резидентлер ҳәм резидент емеслер тәрепинен физикалық шахслардың жеке мүтәжликлери ушын арнаўлы электрон саўда платформалары арқалы усақлап сатыў ушын мөлшерленген, өз ишине имаратлар ҳәм (ямаса) ашық майданларды алған, арнаўлы үскенеленген ҳәм белгиленген орын.

Бонд қоймаханалары реестрине киргизиў ушын тийкарғы талаплар төмендегилерден ибарат:

бонд қоймаханасы жайласқан аймақтағы еркин қоймахана ушын әмелдеги лицензия;

арнаўлы электрон саўда платформасы менен бирге ислесиў ямаса шериклик ҳаққындағы шәртнама;

бажыхана уйымларының мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан ҳәм қадағалаўдағы товарлардың бонд қоймаханасына келип түскен ўақтынан баслап, бажыхана қадағалаўынан шығарылғанға шекемги барлық процесслерин толық қадағалаў имканиятын беретуғын автоматластырылған электрон есапқа алыў системасын;

мүлк, ийелик етиў, пайдаланыў ямаса ижара ҳуқықлары тийкарында улыўма майданы 15 мың квадрат метрден кем болмаған пүтин еркин қоймахана.

Арнаўлы электрон саўда платформалары реестрине киргизиў ушын талаплар:

юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў;

шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўи;

инфраструктураның бар екенлиги.

Тийисли инфраструктуралар: онлайн-ҚКМ (қадағалаў-касса машинасы) ямаса виртуал касса, буйыртпаларды жеткерип бериўди шөлкемлестириў, бонд қоймаханасы, республиканың барлық аймақлары бойынша буйыртпа бериў пунктлери, операциялық қоймаханалар.

Бажыхана комитети бонд қоймаханалары реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў бойынша ўәкилликли уйым етип, Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги болса арнаўлы электрон саўда платформалары реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Ҳүжжет пенен төмендеги тәртиплер ҳаққында ўақытша режелер тастыйықланды:

бонд қоймаханасының жумысын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;

арнаўлы электрон саўда платформалары арқалы физикалық шахсларға товарларды усақлап сатыў.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.07.2026-жылдан күшке кирди, деп хабар бермекте «Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.