Оған муўапық, сырт мәмлекетлердиң автотранспорт қураллары Өзбекстанға ўақтынша кирип келген (транзит өтип атырған) ўақытта алдынғы, артқы ямаса артқы қаптал айналардың тонировкасы ушын жыйым төлеў бийкар етилип, тек ғана алдынғы қаптал айналардың тонировкасы ушын жыйым төлеў белгиленбекте.
Сырт елли пуқараларға қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде бажыхана постларындағы банк кассаларынан тысқары «E-tranzit» автоматластырылған мәлимлеме системасында қәлиплестирилетуғын QR-код жәрдеминде жыйымларды онлайн төлеў имканияты жаратылды.