Ҳүжжетте жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў ҳәм бундай жерлерде нызамсыз қурылмалар қурыўдың алдын алыў бойынша санлы технологиялар тийкарында бирден-бир қадағалаў системасын енгизиў ҳәм ўәкилликли уйымлардың өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, Кадастр агентлигиниң «E-yer nazorat» системасы мәмлекетлик жер қадағалаўын жүргизиўдиң бирден-бир электрон платформасы болады. 2026-жыл 1-январьдан баслап жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етпеў жағдайларын ерте анықлаў ҳәм тийисли илажлар көриў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйымлардың ўазыйпа ҳәм функциялары тек ғана усы система арқалы әмелге асырылады.

Космослық сүўретлерди қайта ислеў ҳәм таллаў арқалы анықланған жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыў итималы жоқары болған жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматлар "Санлы ҳүкимет" системасының уйымлараралық интеграцияласқан платформасы арқалы «E-yer nazorat» системасына жибериледи.

"Өзбеккосмос" агентлиги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жер участкаларынан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў жағдайларын анықлаў бойынша жылына еки мәрте аэрокосмослық мониторинг өткереди. Қосымша мониторинг мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылыўы мүмкин.

Жер участкаларынан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар дәрежесине қарап аймақлар "қызыл" категорияда - жоқары, "сары" категорияда - орташа, "жасыл" категорияда - жер участкаларынан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў, имарат ҳәм объектлер қурыў итималлығы төмен категорияға киргизиледи.

«E-yer nazorat» системасын тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ИБ менен интеграциялаўды әмелге асырыў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.

2026-жыл 1-январьдан баслап жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етпеў жағдайлары бойынша ўәкилликли уйымлар тәрепинен алдыннан анықлаў шеңберинде өндирилген жәрийма санкциялары муғдарының 2 проценти «E-yer nazorat» системасы операторына (Компьютерлестириў, геомәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў орайы) өткерип бериледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 19.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».