Жаңа тәртипке бола, жеңиллик бериў процеси толық санластырылады. Енди
қағаз талонлар бийкар етилип, жеңиллик алыў ҳуқықы "Бирден-бир миллий
социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы арқалы ID-карта ямаса биометрикалық
паспорт арқалы автомат түрде тастыйықланады.
Сондай-ақ,
жаңалық тарийхый-мәдений естеликлер, зыярат етиў орынлары, елимиздиң экологиялық
ҳәм рекреациялық зоналарына саяхат етиў имканиятларын кеңейтиў арқалы ишки
туризмди раўажландырыўға хызмет етеди. Атап айтқанда, социаллық жәрдемге мүтәж
халық ушын Самарқанд, Бухара, Хийўа, Шаҳрисабз, Термиз, Ферғана ойпатлығы, таў
ҳәм дем алыў орынларына саяхат қолайлы болады.
2027-жылдан “Baraka”
социаллық картасының мобиль қосымшасы арқалы жеңиллетилген билетлерди онлайн
сатып алыў имканиятын енгизиў режелестирилмекте. Бул санлы шешим транспорт
хызметлеринен пайдаланыўды әпиўайыластырып ғана қоймастан, Президентимиздиң
басламасы менен ишки туризмди ғалаба ен жайдырыў ҳәм Өзбекстан бойлап
саяхатларды көбейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық
даўамы болады.
Транспорт
хызметлери тараўына заманагөй санлы механизмлерди енгизиў мәмлекеттиң туризм
потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, халықтың барлық категорияларының саяхат
етиў имканиятларын кеңейтиў ҳәм "Өзбекстан бойлап саяхат ет!"
бағдарламасын әмелге асырыўға хызмет етеди.