Атап айтқанда, байрам күнлери мәдений мийрас объектлерине келиўшилер ушын кириў билетлерине 10 процентке шекем шегирме, айырым объектлерге бийпул кириў нәзерде тутылған. Бул илажлар халықтың елимиздиң тарийхый-мәдений мийрасына қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди.
Соның менен бирге, туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери тәрепинен мийманханалар, мийман үйлери ҳәм басқа да орналастырыў орынларында 20 процентке шекемги арнаўлы байрам шегирмелери ықтыярлы түрде бериледи. Бул жеңилликлер жергиликли ҳәм сырт елли туристлер ушын қолайлы шараят жаратып, Жаңа жыл байрамын Өзбекстанның түрли аймақларында пайдалы ҳәм қолайлы өткериў имканиятын бермекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 22-ноябрьдеги "Театрлардың жәмийетлик мәдений турмыстағы ролин арттырыў ҳәм олардың жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-399-санлы қарарына муўапық, "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери" ҳәм "Жаслар дәптери"не киргизилген пуқаралар, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар мәмлекетлик театрлардың спектакллерин бийпул тамашалаў ҳуқықына ийе.
Буннан тысқары, 2026-жылды мүнәсип күтип алыў мақсетинде 2025-2026-жылларда Жаңа жыл байрамы шеңберинде Ташкент қаласында өткерилетуғын мәдений-ғалабалық илажлар ҳаққында мағлыўматлар қәлиплестирилген. Онда илажлар өткерилетуғын орынлар, оларды өткериў сәнеси ҳәм ўақты көрсетилген. Бул мағлыўмат пенен силтеме арқалы танысыў мүмкин.
Атап өтилиўинше, бундай илажлар ишки туризмди раўажландырыў, мәдений мийрас объектлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм халықтың дем алыў мәдениятын арттырыўға хызмет етеди. Жаңа жыл алдынан енгизилип атырған шегирмелер мәмлекетимиз пуқаралары ҳәм мийманларына байрам кейпиятын бағышламақта.








