Өзбекстанда кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ушын кредитлерди қайтарыўға 250 млрд сум ажыратылады

    3 қазан 2025 476

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 30.09.2025-жылдағы 612-санлы қарары менен "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақларға кредит бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Ҳүжжет төмендеги тәртиплерди белгилейди:

    кем тәмийинленген шаңарақлардың арзаларын бериў ҳәм оларды көрип шығыў;

    арзаларды баҳалаў ҳәм олар бойынша жуўмақ шығарыў;

    коммерциялық банклер тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға кредитлер бериў ҳәм оларды мониторинг етиў.

    Бизнес баслаў ушын ноутбук ҳәм басқа да тийкарғы үскенелер, киши өндирис үскенелери, көшпели саўда дүканлары (фудтрак), скутер, самокат ҳәм басқа да мүлклерди сатып алыў ушын гиреўсиз кредитлер Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасының бирден-бир электрон платформасы - «Oilakredit.uz» арқалы ажыратылады.

    Коммерциялық банклер тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент төлемлери Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде процент ставкасында есапланады ҳәм бул процент төлемлери Мәмлекетлик бюджеттен Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорына ажыратылатуғын қаржылар есабынан коммерциялық банклерге өткерип бериледи.

    2025-жылы кем тәмийинленген шаңарақларға кредит бериў ушын Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде алдынғы жылларда ажыратылған кредитлерди қайтарыў есабынан 250 миллиард сум ажыратылады.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 02.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates