Қарарға муўапық, Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 17-ноябрьдеги 660-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында пуқаралық ҳаўа кемелери менен болған авиация ҳәдийселерин тексериў қағыйдаларына өзгерислер киргизилди.

Мәселен, максимал массасы 2250 килограммнан аспаған ҳаўа кемелери менен жүз берген авиация ҳәдийселери ҳәм аўыр авиация ҳәдийселерин тексериў авиация кәрханалары тәрепинен пәрўазлар қәўипсизлигин басқарыў бойынша қолланба шеңберинде әмелге асырылады.

Тексериўге төмендегилер киреди:

авиация апаты ямаса ҳәдийсеси ҳаққындағы барлық тийисли мағлыўматларды жыйнаў, дизимге алыў ҳәм таллаў;

авиация апатшылықлары ҳәм ҳәдийселерин тексериў менен байланыслы белгили жазыўларды қорғаў;

зәрүр жағдайларда пәрўазлардың қәўипсизлиги бойынша усынысларды ислеп шығыў;

себеплерин ҳәм (ямаса) жәрдемши факторларды анықлаў (имканияты болған жағдайда);

жуўмақлаўшы есабат дүзиў.

Авиация апатшылықлары ҳәм ҳәдийселер бойынша тексериўлер өткериў процесинде комиссияға барлық айғақлы дәлиллер тезлик пенен усынылады, олардың үстинен толық қадағалаў тәмийинленеди. Тексериў ҳәм додалаўдың басқа түрлери тексериў комиссиясының жумысына тосқынлық етпеўи керек.