Президенттиң 2024-жыл 3-июньдеги ПП-85-санлы Пәрманына муўапық, 2025-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан аймағында жумыс алып барып атырған мобил ҳәм (ямаса) сым тармақларына ийе болған телекоммуникация операторларына тәжирийбе тәризинде өзлериниң коммерциялық мүтәжликлери ушын мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик талапларына толық әмел еткен ҳалда халықаралық интернет тармақларына тиккелей жалғаныў ҳуқықы берилмекте.
Тәжирийбеде қатнасыў ушын ўақыт талаплары ҳәм шәртлери тастыйықланды. Атап айтқанда, телекоммуникация операторлары:
- интернетке жалғаныў орайларын шөлкемлестириў;
- республиканың пүткил аймағында, соның ишинде, барыў қыйын болған ҳәм алыс аймақларда халықты магистраль талшықлы-оптикалық байланыс тармақлары менен кеминде 50 процент қамтып алыўды тәмийинлеў, халықты кең полосалы телекоммуникация хызметлери менен тәмийинлеў ушын инфраструктураға ийе болыў;
- «Оzbekiston telekommunikatsiya tarmoqlarini boshqarish respublika markazi» МУК жумысшы уйымына зәрүр жойбарлаў ҳәм басқа да ҳүжжетлерди усынсын.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 19.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».