Реже вегетация дәўиринде қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумысларын әмелге асырыў мүмкин болмаған ирригация системасы объектлерин таңлап алыў, олардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў, суўғарылмайтуғын мәўсимде тастыйықланған жойбарлаў ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылатуғын қурылыс-монтажлаў жумысларын қаржыландырыў тәртибин белгилейди.
Режеге муўапық, вегетация дәўиринде қурылыс ҳәм реконструкция жумысларын әмелге асырыў мүмкин болмаған ирригация системасы объектлеринде қурылыс-монтажлаў жумыслары суўғарылмайтуғын мәўсимде әмелге асырылады.
Ирригация объектлерин қаржыландырыў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:
қурылыстың дәслепки еки айы даўамында таңлаў саўдалары нәтийжелери бойынша анықланған жумыслар баҳасының 30 процентине шекемги муғдарда аванс төлемлери ажыратылады;
ҳәр айдағы ағымдағы қаржыландырыў қурылыс мүддети даўамында ажыратылған аванс муғдарының пропорционал түрде услап қалыныўын есапқа алған ҳалда орынланған жумыслар баҳасының 95 проценти муғдарында әмелге асырылады;
қаржылардың қалған 5 проценти шәртнамада нәзерде тутылған кепиллик мүддети өткеннен соң төленеди.
Егер мәмлекетлик сатып алыўлар нәтийжелери бойынша қурылыс мүддети үш айдан аз болса, ирригация объектлери ушын биринши айда аванс төлемлери усы объектлер баҳасының 30 проценти муғдарында ажыратылады, кейинги төлемлер белгиленген тәртипте қаржыландырылады.