Режеде жеңил санаат кәрханаларын Жеңил санаатты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қаржылай қоллап-қуўатлаў тәртиби белгиленбекте.
Режеге муўапық, Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги тәрепинен исбилерменлерге төмендеги қәрежетлерди қаплаў ушын қаржылай жәрдем көрсетиледи, соның ишинде:
халықаралық брендлерди тартыў қәрежетлерин қаплаў бағдары бойынша:
халықаралық брендлерди тартыў, олардың иелери менен бирге ислесиўди жолға қойыў қәрежетлери, сондай-ақ, бул бағдардағы сорсинг компанияның хызметлери;
транспорт қәрежетлери - эконом-класс тарифлери бойынша;
Өзбекстан аймағында мийманхана қәрежетлери;
аўдармашы хызметлери;
қәнигелерди оқытыў қәрежетлерин қаплаў бағдары бойынша:
оқыў тренинглеринде қатнасқаны ушын төлем;
транспорт қәрежетлери;
мийманхана қәрежетлери
Финанслық жәрдем алыў ушын арза ҳәм белгиленген ҳүжжетлер арза қабыл етилген күннен баслап 7 жумыс күни даўамында көрип шығылады.
Агентлик 1 жумыс күни даўамында исбилерменлерге қабыл етилген қарар ҳаққында хабарнама жибереди.