Өзбекстанда азық-аўқат өнимлерине санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ бериў тәртиби белгиленди

    17 қараша 2025 411

    Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң қарары менен азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

    Регламентке муўапық, санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ 3 жыл мүддетке бериледи.

    Бул жуўмақ шет елден алып кирилип атырған өнимлерге - усы өнимлердиң жарамлылық мүддетине, жарамлылық мүддети болмаған өнимлерге болса әмел етиў мүддети көрсетилместен бериледи.

    Санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ төмендеги жағдайларда алыныўы керек:

    жаңа өним ислеп шығарыўды жолға қойыўда;

    ислеп шығарылып атырған өнимниң қурамы өзгергенде;

    өним ислеп шығарыўдың технологиялық процесиниң конструкциялары, комплектлеўи өзгергенде;

    өнимниң тәжирийбе үлгилерине;

    республика аймағына алып кирилетуғын азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине;

    өним ислеп шығарыў ушын берилген санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақтың әмел етиў мүддети өткеннен кейин.

    Арза бериўши Мәмлекетлик хызметлерден Мәмлекетлик хызметлер орайларына барып ямаса электрон тәризде БМХКП (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўы мүмкин.

    Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети жуўмақты QR-код арқалы тастыйықлайды ҳәм 1 жумыс күни ишинде мүрәжат етиўшиниң жеке кабинетине жибереди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates