Ҳүжжетти қабыл етиўден тийкарғы мақсет зергерлик тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, сондай-ақ, халықтың жоқары сапалы жергиликли зергерлик буйымларына болған талабын қанаатландырыўдан ибарат.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-декабрьдеги ПҚ-452-санлы қарарының 2-бәнтине муўапық қымбат баҳалы металларды биржа саўдалары арқалы ҳәм тиккелей шәртнамалар тийкарында сатыўда берилетуғын шегирмелердиң әмел етиў мүддети 2029-жыл 1-февральға шекем созылды.
2026-жыл 1-февральдан баслап усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған шегирмелерден пайдаланыўшы зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилерменлик субъектлериниң дизимин қәлиплестириўде:
шөлкемлестирилген жаңа жумыс орынларына жумысқа қабыл етилген зергерлер менен белгиленген тәртипте мийнет шәртнамасын дүзиў, оларға мийнет ҳақының ең кем муғдарының 4 есеси муғдарында мийнет ҳақы есаплаў, сондай-ақ, бул фактти салық уйымлары тәрепинен тастыйықлаў;
исбилерменлик субъектиниң зергерлик орайларында кеминде бир ай даўамында жумыс алып барыўы керек.









