Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-марттан 2028-жыл 1-мартқа шекемги болған дәўирде тәжирийбе-сынақ тәризинде белгили бир жер участкаларында комплексли қурылыс механизмлери тийкарында көп квартиралы турақ жайларды қурыўды нәзерде тутатуғын "Тәртипке салыў қум қутысы" арнаўлы ҳуқықый режими енгизиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-29-санлы Пәрманына муўапық шөлкемлестирилген инвестициялық компаниялар тийисли аймақларда комплексли қурылыс жойбарларын әмелге асырыў бойынша жуўапкер шөлкем ўазыйпасын атқарады.
Аймақларда жасыл бағлар, экопарклер ҳәм қыябанлар шөлкемлестириў инвестициялық компаниялар жумысының тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады, бунда төмендегилер нәзерде тутылады:
тийисли аймақларда мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларын сатыўдан жергиликли бюджетке түсетуғын қаржылардың 10 процентин, сондай-ақ, жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклериниң кеминде 5 процентин усы мақсетлерге мақсетли бағдарлаў.
Ташкент қаласында жасыл аймақларды кеңейтиў, ҳәр бир районда биреўден экопарк шөлкемлестириў бойынша усыныслар ислеп шығылады.
2027-жыл 1-январьдан баслап көп квартиралы турақ жайлардың қурылыс-монтажлаў жумысларын баслаў ушын "Шаффоф қурилиш" системасында белгиленген тәртипте берилетуғын рухсатнама «Uy-joy» урбанизацияласыўдың бирден-бир санлы платформасында уйымлараралық интеграция тийкарында автомат түрде қәлиплестириледи.