Ҳүжжет жасыл аймақларды кеңейтиў, ботаника ҳәм дендрология бағларын жаратыў, жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын шахсларды хошаметлеў системасын енгизиўге қаратылған.
Пәрманға муўапық, 2028-жылға шекем Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында қосымша түрде улыўма майданы 100 гектардан кем болмаған ботаника ҳәм дендрология бағларын шөлкемлестириў режелестирилген. 2030-жылға барып елимизде көклемзарластырыў дәрежеси 14,2 проценттен 30 процентке, жасыл аймақлардың майданы халықтың жан басына 9-10 метрге шекем арттырылыўы, ПМ2,5 ҳәм ПМ10 зыянлы бөлекшелериниң муғдары 20-25 процентке азайтылыўы, климат шараяты аўыр болған аймақларда ҳаўаның температурасы орташа 1,5-2 дәрежеге төменлеўи керек.
Дендрология бағлары ботаника бағларына теңлестириледи ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақ статусын алады. Оларды шөлкемлестириў ушын жер участкалары аўыл хожалығы өндириси зыянлары ушын компенсация төлемлеринен азат етиледи. Барлық бағлар Экология комитети қарамағында болып, улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе, сондай-ақ, Green University ҳәм "жасыл" техникумлар ушын оқыў, илимий ҳәм тәжирийбе мақсетлеринде пайдаланылады.
Бағлардың аймақларын меншиклестириў, өзлестириў ямаса қысқартыў қадаған етиледи. Бағларды жаратыў ҳәм олардан пайдаланыў халықаралық экологиялық стандартларға ҳәм миллий нызам ҳүжжетлерине әмел еткен ҳалда әмелге асырылады.
Ботаника ҳәм дендрология бағлары спортшылар, көркем өнер ғайраткерлери, исбилерменлер ҳәм басқа да интакерлердиң қаржылары есабынан шөлкемлестирилиўи мүмкин. Қатнасыўшылардың аты мәңгилестирилип, үлкен үлес қосқанларға "меценат" статусы бериледи.
2027-жыл 1-январьдан баслап ҳәр бир аймақта "жасыл елши" бириктириледи ҳәм ол жасыл аймақлардың жағдайын турақлы мониторинг етиў, машқалалар бойынша жуўапкер уйымларды хабардар етип барыў, көклемзарластырыў ҳәм экологиялық илажларда қатнасыў, экологиялық мәдениятты үгит-нәсиятлаў, грантлар, қәўендерлик қаржылары ҳәм социаллық шериклик жойбарларын тартыўға жәрдемлеседи.
2028-жыл 1-ноябрьге шекем ботаника ҳәм дендрология бағларының майданы кеминде 100 гектарға жеткерилиўи керек. "Жасыл аймақ" мәмлекетлик унитар кәрханасы "Жасыл бағларды басқарыў бойынша тоғай хожалығы илимий-тәжирийбе орайы"на айландырылып, оның қурамында терек кеселликлери ҳәм зыянкеслерине қарсы гүресиў хызмети шөлкемлестириледи. Орайдың жер майданлары тоғайлық сыпатында салыққа тартылмайды.
Пәрманда ҳаўа, поезд, метро ҳәм таксилердиң углерод излерин есапқа алыў, сондай-ақ, тәбиятқа көрсетилип атырған тәсирди ықтыярый төлемлер есабынан қаплаў имканиятын беретуғын "жасыл билет" системасы енгизилмекте. Бундай система ишки ҳәм сыртқы базардағы товарлар ушын да қолланылады. Компенсациядан түскен қаржылар тек ғана тереклерди егиў ҳәм тәрбиялаўға бағдарланады.
Пәрманға муўапық, "Жасыл мәкан" жойбары қатнасыўшыларын төмендегилер менен хошаметлеў нәзерде тутылған:
кеминде 100 терек еккен ямаса 10 миллион сумнан жәрдем еткен пуқараларға - "экологиялық белсенди пуқара" статусы;
кеминде 1000 түп терек еккен ямаса 100 миллион сумнан жәрдем еткен исбилерменлерге "эко-шерик" статусы;
кеминде 50 мың түп терек егиўди тәмийинлеген ямаса 5 млрд. сумнан артық қайырқомлық еткен шахсларға - "меценат" атағы;
кеминде 5 "жасыл бағ" ҳәм жәмийетлик парк шөлкемлестириўшилерине - "Келажак бунёдкори" мәмлекетлик сыйлығы;
Пәрман жасыл аймақларды жаратыў ҳәм раўажландырыў, бағларды басқарыўдың нәтийжели системасын енгизиў, зыянкеслерге қарсы гүресиў, жергиликли климатқа бейимлескен нәллерди илимий тийкарда жетистириў, халық арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириўге қаратылған.