Министрлер Кабинетиниң 154-санлы қарары менен салық тексериўлерин видеожазыў тәртиби белгиленди.
Ҳүкиметтиң 2021-жыл 7-январьдағы 1-санлы қарарына киргизилген қосымшаларға бола, "Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен салық төлеўшилердиң жумысында әмелге асырылатуғын салық қадағалаўы илажын видеожазыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Режеге бола, қадағалаў илажлары салық уйымы басшысы ямаса басшы орынбасарының салық тексериўин өткериў ҳаққындағы буйрығы тийкарында видеожазыўға алынады.
Салық уйымы тәрепинен өткерилетуғын қадағалаў илажларында төмендегилер видеожазыўға алынады:
салық салыў объектлерин есапқа алыў;
хронометражды көзден өткериў;
салық төлеўшиниң ҳақыйқый жумысшы ҳәм хызметкерлериниң саны ҳәм де салық есабатында көрсетилген жумысшы ҳәм хызметкерлердиң санына муўапықлығын тексериў;
қадағалаў-касса техникасы ҳәм есап-санақ терминалларын қолланыў;
саўда ҳәм хызмет көрсетиў қағыйдаларына әмел етилиўи ҳәм басқалар.
Қадағалаў илажы салық төлеўшилердиң нызамлы жумысын тоқтатып қоймайтуғын ҳәм жумыс ислеўине зыян жеткермейтуғын тәризде видеожазыўға алынады.
Қадағалаў илажының нәтийжеси бойынша дүзилген актте илаж процесин видеожазыў үскенеси (қурылманың маркасы ҳәм серия номери), видеожазыўға алынған жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлелендириледи.