Қарарға муўапық, Жоқары
мектептиң жумысы Уллы Британияның абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң
стандартлары тийкарында жолға қойылады.
Жоқары мектептиң техникумлар
менен бирге ислесиўи жолға қойылмақта. Бунда:
интеграцияласқан
билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың усы бағдарламалар
бойынша оқыўды табыслы тамамлаған питкериўшилерине кириў имтиханларысыз тийисли
бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша Жоқары мектепте оқыўды даўам
еттириўге руқсат бериледи;
интеграцияласқан
билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқыған студентлердиң кредитлери сырт
елдеги жетекши бирге ислесиўши жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен тән
алыныўы тәмийинленеди.
"Эл-юрт умиди" қорына 2027/2028-оқыў жылынан
баслап стипендия бағдарламалары шеңберинде белгиленген тәртипте таңлаўдан өткен
талабанлардың төмендеги қәрежетлерин қаржыландырыўға рухсат етилсин:
Жоқары мектеп ҳәм басқа да жоқары билимлендириў шөлкемлери
тәрепинен әмелге асырылатуғын интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары
бойынша билим алып атырған, сондай-ақ, ТОП-300 диң дизимине киретуғын сырт ел
жоқары билимлендириў шөлкемлеринде, жетекши тараўлық жоқары билимлендириў
шөлкемлеринде оқыўын үзликсиз даўам еттириў имканиятына ийе болған
студентлердиң сырт елде билим алыўын шөлкемлестириў менен байланыслы
қәрежетлер;
шәртли түрде жоқары билимлендириў шөлкемлериниң
бакалавриат тәлим бағдарына оқыўға қабыл етилген талабанлар ушын Жоқары
мектепте ҳәм басқа да жергиликли жоқары билимлендириў шөлкемлеринде
интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары тийкарында шөлкемлестирилетуғын
1-курс (басқыш) (foundation) бағдарламалары бойынша оқыў қәрежетлери (tuition
fee).