Қарарға бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап:
Қосымша қун салығы бойынша түсимлердиң 5 проценти Ташкент қаласының жергиликли бюджетине, 20 проценти қалған аймақлардың жергиликли бюджетлерине өткериледи;
бензин, дизель жанылғысы ҳәм газди ақырғы тутыныўшыға реализациялаўда қосымша қун салығы, пайда салығы ҳәм акциз салығы, сондай-ақ, жергиликли бюджетлерге түсетуғын мәмлекетлик бажы, жәрийма ҳәм жыйымлар есабынан түсетуғын дәраматлардан район (қала) лардың бюджетлерине ажыратпалардың нормативлери белгиленеди;
халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине алкоголь өнимлерин реализациялаў ҳуқықы ушын жыйымлардың шекленген ставкаларын 20 процентке шекем арттырыў ўәкиллиги берилмекте.
төмендеги түсимлер жергиликли бюджетлерге өткериледи ҳәм қосымша дәреклер сыпатында пайдаланылады:
Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди тиккелей ижараға алыўдан Мәмлекетлик бюджетке өткерилетуғын қаржылар тийисли район (қала) лардың бюджетлерине қаратылады;
дийқан базарлары, қәнигелестирилген базарлар ҳәм буйым базарларынан республика бюджетине түскен салықлар тармақ инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў ушын усы базарлар жайласқан район (қала) лардың бюджетлерине өткериледи.