Қарарға муўапық, быйыл Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығы кеңнен белгиленди.

Ҳәр жылы апрель айы "Әмир Темур айлығы" деп жәрияланып, оның шеңберинде билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәҳәллелерде темуртаныўшы илимпазлар, жазыўшылар ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында ушырасыўлар шөлкемлестириледи.

Атап айтқанда, төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2030-жылға шекем мөлшерленген "Жол картасы" тастыйықланды:

9-10-апрель күнлери Ислам цивилизациясы орайында "Әмир Темур ҳәм Темурийлер цивилизациясының дүнья тарийхы ҳәм мәдениятындағы орны ҳәм әҳмийети" темасында халықаралық илимий конференция өткериў;

"Темур тузуклари" шығармасының парсы, араб, қытай, инглис, француз, испан ҳәм рус тиллериндеги илимий-түсиндирме текстин басып шығарыў;

"Темурийлер дәўириниң 100 сийрек ушырасатуғын қолжазбалары" ҳәм "Темурийлер дәўириниң 100 сийрек ушырасатуғын дүрданалары" китап-альбомларын жаратыў;

Темурийлер дәўири дереклериниң электрон платформасын жаратыў.

Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша Шөлкемлестириў комитетиниң қурамы тастыйықланды.