Қарарға муўапық, суўғарылмайтуғын аўыл хожалығы жерлеринде участкадан пайдаланыўдың тийкарғы түрине туўры келетуғын объектлерди жайластырыўдан алдын мәлимлеме системалары арқалы автомат тексериў әмелге асырылады.
Ол арза ийесинде усы жер участкасына ҳәм оның улыўма майданына мәмлекетлик жер кадастры тийкарында ижара ҳуқықы бар екенлигин тастыйықлайды.
Ишки хожалық жер дүзиў жойбарында участкадан пайдаланыўдың тийкарғы рухсат етилген түрине сәйкес келетуғын объектлерди әйне суўғарылмайтуғын жерлерде жайластырыў (қурыў) нәзерде тутылады.
Шарўашылық ушын ижараға берилген суўғарылмайтуғын жерлерде аўыл хожалығы объектлерин жайластырыўға рухсат бериледи. Бундай обектлердиң майданы 1 гектардан ямаса ижараға алынған контур улыўма майданының 1 процентинен артпаўы керек.
Рухсат етилген тийкарғы пайдаланыў түрине туўры келетуғын объектти жайластырыў ушын ажыратылған майдан тек ғана бир мәрте анықланады. Келешекте объекттиң көринисин өзгертиўге, егер оның ушын ажыратылған майдан көбейтилмейтуғын болса ғана жол қойылады.