Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта системаның базасына 36 миллионнан аслам пуқараның медициналық мағлыўматлары киргизилип, олардың тийкарында бирден-бир электрон медициналық карталар (MED-ID) қәлиплестирилген. Бул карталар мәмлекеттиң ҳәр бир халқына ҳүжжетлерди қайта рәсмийлестирмей, қәлеген мәкемеде медициналық жәрдем алыў имканиятын береди.
Сондай-ақ, 40 клиникалық бағдар бойынша 400 ден аслам диагностика протоколлары ҳәм емлеў стандартлары енгизилип, диагностика ҳәм емлеўдиң сапасын арттырыўға хызмет етпекте.
Президентимиздиң тапсырмасын орынлаў мақсетинде Ташкент қаласының Юнусабад районында тәжирийбе-сынақ тәризинде контрафакт, сапасыз ҳәм жасалма дәри қуралларының айланысын сапластырыў имканиятын беретуғын "Электрон рецепт" системасы енгизилди.
DARMON ҳәм DMED мәлимлеме системаларының интеграцияланыўы нәтийжесинде рецепт бойынша ҳәм рецепсиз берилетуғын 3 мың 100 ден аслам дәри қуралларының автомат түрде жаңаланатуғын электрон дизими жаратылды.
Ҳәзирги ўақытта 20 дан аслам мәмлекетлик ҳәм 200 ге шамалас жеке меншик медицина мәкемелери, Юнусабад районындағы 190 дәрихана DMED системасына жалғанған. Енди шыпакерлер дәри-дәрмақлардың халықаралық патентленбеген атамалары бойынша рецептлерди электрон тәризде жазып бермекте, бул болса дәри-дәрмақларды артықша тайынлаў жағдайларын 40 процентке азайтыў имканиятын берди.
Юнусабад районының табыслы тәжирийбеси тийкарында республика бойынша дәриханалар басқышпа-басқыш системаға қосылмақта. Бүгинги күнге шекем 8 мыңнан аслам дәриханалар, яғный олардың дерлик 66 проценти жаңа система менен қамтып алынған.
Санлы шешимлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, 70 тен аслам түрдеги қағаз журнал, форма ҳәм мағлыўматнамалардан ўаз кешиў имканиятын берди, соның нәтийжесинде шыпакерлерге жүклеме 30 процентке азайды.
Енди лаборатория анализлери 3-5 минут ишинде автомат түрде қәлиплеседи, нәтийжелер болса 24 саат ишинде-ақ электрон түрде наўқасларға жетип барады.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Санлы денсаўлықты сақлаў орайының шөлкемлестирилгени елимиздеги барлық медицина мәкемелеринен исенимли мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм таллаўда жаңа имканиятлар ашты. Орай мағлыўматлардың ашық-айдынлығын, шешимлерди аналитикалық қоллап-қуўатлаўды ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын қадағалаўды тәмийинлейди.
Буннан тысқары, системада 560 мыңнан аслам денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң жумысын есапқа алыў автоматластырылған, бул болса кадрлар жүклемеси ҳәм ресурслардың бөлистирилиўин нәтийжели қадағалаў имканиятын береди.
Сондай-ақ, бурын тек ғана қағазда берилетуғын 28 түрдеги мағлыўматнамалар электрон формаға өткерилди. Бул пуқаралар ушын оларды алыўды әдеўир әпиўайыластырды ҳәм инсан факторының тәсирин пүткиллей сапластырды.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўапкерлериниң атап өтиўинше, бул реформалар заманагөй, ашық-айдын ҳәм инсанға бағдарланған денсаўлықты сақлаў системасын жаратыўға хызмет етеди. Жаңалықлардан мақсет халыққа халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы медициналық хызмет көрсетиў, пуқаралардың исенимин арттырыў, медицина тараўын және де қолайлы ҳәм ашық етиўден ибарат.