Усы мүнәсибет пенен илаж қатнасыўшыларына бөлимниң жумысын баслағаны ҳаққындағы сертификатлар салтанатлы түрде тапсырылды.
WFF Uzbekistan National Youth Chapter - азық-аўқат қәўипсизлиги, турақлы аўыл хожалығы ҳәм климат басламалары тараўында жаслардың жетекшилигин раўажландырыўға қаратылған жаңа платформа. Бул тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил Орайлық Азия регионында шөлкемлестирилген биринши World Food Forum бөлими болып есапланады.
Бул баслама Шавкат Холдоров ҳәм елимиздиң аўыл хожалығы тараўында жумыс алып барып атырған бир топар белсенди жас жетекшилер тәрепинен БМШтың Өзбекстандағы Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) менен муўапықластырылған ҳалда, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм басқа да бир қатар мәпдар шөлкемлердиң жәрдеминде алға қойылды.
WFF Өзбекстан жаслар бөлиминиң тийкарғы мақсети - жаслардың даўысын күшейтиў, оларды турақлы азық-аўқат системаларын қәлиплестириў процесине тартыў, сондай-ақ, инновациялық, экологиялық ҳәм социаллық шешимлер арқалы аграр секторды жаңа әўлад ушын және де тартымлы етиўден ибарат.
"Келешек аўыл хожалығы жаслар менен бирге қурылады. World Food Forum майданшасы жас қәнигелеримизге жаңа технологиялар ҳәм турақлы дийқаншылықтан баслап, аймақларда турмысты өзгертип жиберетуғын жойбарларға шекем идеяларды әмелиятқа айландырыў имканиятын бермекте. WFF Өзбекстан Жаслар бөлиминиң қоллап-қуўатлаўы - бул жаңа әўладтың компетенциясы ҳәм жетекшилигине инвестиция болып есапланады", - деп атап өтти ФАОның Өзбекстандағы ўәкилиниң орынбасары Шерзод Умаров.
Жаслар өз жумысы шеңберинде:
климат өзгериўине қарсы гүресиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жерлер деградациясының алдын алыў ҳәм топырақ өнимдарлығын арттырыў тараўларында басламаларды ислеп шығыў ҳәм алға қойыў;
азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жаслардың агроазық-аўқат системасындағы қатнасын халықаралық дәрежеде кеңейтиў;
Халықаралық бирге ислесиўди ҳәм Өзбекстанның World Food Forum глобал сөйлесиўлериндеги қатнасыўын беккемлеў.
WFF Өзбекстан жаслар бөлими жетекшилик көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм аўыл хожалығы ҳәм мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы тараўында инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ушын жаңа имканиятлар ашады.










