Пәрманға муўапық, метрология тараўын халықаралық талапларға бейимлестириў мақсетинде 2027-жыл 1-январьдан баслап:

өлшеў қуралларын қадағалаўдан өткериў әмелиятынан ўаз кешиў арқалы нызамшылық метрологиясы шеңберинде верификациялаў системасы енгизиледи;

санаатта қолланылатуғын ҳәм өнимниң сапасына тиккелей тәсир ететуғын өлшеў қураллары калибрлеўге өткериледи ҳәм стандарт үлгилерди аттестациядан өткериў тәртиби бийкар етиледи;

Өлшеўлер ҳәм тәрезилер халықаралық бюросы базасында тән алынған калибрлеў имканиятлары жазылған калибрлеў лабораторияларының бағдарлары аккредитациядан өтиўден азат етиледи.

2026/2027-оқыў жылынан баслап стандартластырыў, метрология ҳәм муўапықлықты баҳалаў бағдарларында билим алып атырған жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын:

"Арнаўлы стипендия" шөлкемлестириледи;

раўажланған мәмлекетлер, атап айтқанда, Европа Аўқамының техникалық жақтан тәртипке салыў (Technical Regulation) системасын үйрениў модели тийкарында оқыў саатлары енгизиледи;

соңғы 2 жылда сырт ел жоқары оқыў орнында оқыўды даўам еттириўди нәзерде тутатуғын "2+2" түриндеги қоспа билимлендириў бағдарламалары ислеп шығылады.