Қарарға муўапық, Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан төмендеги қаржылай қоллап-қуўатлаў қураллары енгизиледи:
Шебер дийқанларға жоқары дәраматлы өним жетистириўди жолға қойыў мақсетинде төмендеги субсидиялар ажыратылады:
- 2 млн сум - ҳәр 10 үй хожалығының қәнигелесиўи ушын;
- Мәҳәлледеги үй хожалықларының 30 процентин қәнигелестириў ушын - 75 миллион сум.
Пайдаланыўда нәтийжесиз болған ески бағларды реконструкциялаў ҳәм қыйтақ жер ҳәм ижараға алынған жерлерде жаңа бағлар жаратыў ушын төмендеги субсидиялар ажыратылады:
- Сертификатланған нәллер баҳасының 50 проценти (бирақ ҳәр бир нәл ушын 30 мың сумнан аспаған муғдарда);
- Ҳәр бир орнатылған тирепберди баҳасының 50 проценти (бирақ 70 мың сумнан артық емес);
- жаўын суўын жыйнаў ҳәм тамшылатып суўғарыў системаларын орнатыў ушын - ҳәр бир сотых ушын 160 мың сумға шекем.
Суў тәмийнаты аўыр аймақларда қудық қазыў ҳәм қуяш панеллерин орнатыў (қуўатлылығы кеминде 10 кВт/саат) ушын қәрежетлердиң 70 проценти, бирақ 200 миллион сумнан аспаған муғдарда субсидия ажыратылады.