Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген
қосымшаларға бола, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, жәмийетлик орынлар,
қоймахана имаратлары, жатақханалар ҳәм турақ жайларда, сондай-ақ, тийисли объектлерди
жойбарластырыў, қурыў ҳәм реконструкциялаў ўақтында өрт қәўипсизлиги
қағыйдаларын бузыў пуқараларға БЕМның 1 есесинен 3 есесине шекем, лаўазымлы
шахсларға болса 3 есесинен 10 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп
болады.
Әмелдеги редакцияда бул ҳуқықбузарлық ушын лаўазымлы
шахсларға БЕМның 3 есесинен 7 есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланылыўы
нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, киргизилген қосымшаларға бола, Өзбекстан
Республикасының өрт қадағалаўы бойынша бас мәмлекетлик инспекторы ҳәм оның
орынбасарлары мәмлекетлик өрт қадағалаўы уйымлары атынан ҳәкимшилик
ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ҳәм лаўазымлы шахсларға
БЕМниң 25 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў ҳуқықына ийе.
Әмелдеги редакцияда бул жәрийманың муғдары БЕМның 20 есеси
етип белгиленген.
Сондай-ақ, Өртлер менен байланыслы айрықша жағдайлардың
алдын алыў, халықтың өмири ҳәм денсаўлығына басқа да турақлы қәўип пайда
болыўының алдын алыў бойынша Айрықша жағдайлар министрлиги нызам ҳүжжетлеринде
белгиленген тәртипте исбилерменлердиң жумысын тоқтатып турыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен
кейин күшке киреди.