Ҳүжжет пенен Пуқаралық ҳәм Салық кодекслерине, сондай-ақ, "Орайлық банк ҳаққында"ғы, "Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында"ғы ҳәм басқа да бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

"Орайлық банк ҳаққында"ғы нызамға киргизилген өзгерислерге бола, регуляторға кредит шөлкемлери ушын ислам қаржысы стандартларын тастыйықлаў, сондай-ақ, ислам банк жумысын әмелге асырыў ушын лицензиялар бериў, қайта рәсмийлестириў ҳәм оларды бийкарлаў ўәкилликлери берилмекте.

Бундай лицензияны алған банклер бир ўақыттың өзинде ҳәм дәстүрий банк операцияларын, ҳәм ислам қаржысы тараўындағы операцияларды әмелге асырыўы мүмкин болады.

Сондай-ақ, Орайлық банк жанында Ислам қаржылары бойынша кеңес дүзиў нәзерде тутылмақта. Коллегиал уйым бес ағзадан ибарат болып, регулятор қадағалаўындағы субъектлердиң ислам финанслық жумысын муўапықластырыў менен шуғылланады. Кеңес ағзаларының ўәкилликлери, ҳуқықый статусы ҳәм оларға қойылатуғын талаплар Орайлық банк басқармасы тәрепинен белгиленеди.

Ислам қаржылары кеңеси ислам қаржылары стандартларын ислеп шығыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаўда қатнасыў, тартыслы мәселелер бойынша түсиниклер бериў ҳәм ислам қаржылары жумысы менен байланыслы келиспеўшиликлер бойынша жуўмақлар шығарыў менен шуғылланады.

"Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында"ғы нызамға киргизилип атырған өзгерислер менен ислам банк жумысын әмелге асырып атырған банклерге банк операцияларының - есап бетлерин ашыў ҳәм жүргизиў, төлемлерди әмелге асырыў, аманатларды тартыў ҳәм кредитлер (қарызлар) бериў бойынша улыўма қағыйдалары қолланылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Ислам банклерине тиккелей саўда жумысын әмелге асырыў, сондай-ақ, юридикалық шахсларды шөлкемлестириў ҳәм олардың устав фондларындағы үлес ямаса акцияларды шеклеўсиз сатып алыўға рухсат бериледи.

Банктиң ислам финанс операцияларына төмендегилер киреди:

қарыйдарды қаржыландырыў ямаса пайданы бөлисиў (музораба) шәртлери тийкарында инвестициялық аманатларға пул қаржыларын тартыў;

агентлик шәртнамасы (вакал) арқалы пул қаржыларын бериў ямаса тартыў;

товарларды бөлип-бөлип сатыў (мурабаҳа) арқалы қаржыландырыў;

товарлар ушын алдын ала төлем (салам) арқалы қаржыландырыў;

биргеликтеги жумыс (шериклик) ямаса юридикалық тәреплердиң устав капиталында қатнасыў (мушорака) арқалы қаржыландырыў;

мүлкти сатып алыў ҳуқықы менен ислам ижарасына бериў.

Өзгерислер микроқаржы шөлкемлерине де тийисли. Салық кодексинде ислам финанслық операцияларын салыққа тартыўдың өзине тән өзгешеликлери айрықша бапта беккемлеп қойылған.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 29.06.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».