Атап өтилгениндей, ҳүжжет жәмиетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм шөлкемлердиң мүлкин қорғаў, сондай-ақ, қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты заманагөй талапларға муўапық жетилистириўге қаратылған.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәм "Ишки ислер уйымлары ҳаққында"ғы, "Қорғаў жумысы ҳаққында"ғы, "Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар, соның ишинде, жәмийетлик орынларда темеки өнимлерин пайдаланыў, нызамсыз аң аўлаў, тереклерди кесиў ҳәм басқа да экологиялық ҳуқықбузарлықларды көрип шығыў ўәкиллиги Ишки ислер министрлиги жанындағы Қорғаў департаментиниң жуўапкер хызметкерлерине өткерилмекте.
Сондай-ақ, қорғаўдың техникалық қуралларын жойбарластырыў ҳәм оларға хызмет көрсетиўге рухсат бериў ўәкиллигин Ишки ислер министрлигине өткериў ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын хабардар етиў тәртибин енгизиў нәзерде тутылмақта.
Додалаўда шығып сөйлегенлер бул нызам жәмийетлик қәўипсизликти беккемлеўге, халықтың тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеўге, "Инсан қәдири - ең жоқары қәдирият" принципин әмелде жүзеге шығарыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Сенаторлардың пикиринше, бул Нызамда қәўипсизликти тәмийинлеўде жәмийетлик тәртип, профилактика ҳәм қорғаў бирден-бир система сыпатында үйлесимли ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўы ушын жазалаўға емес, ал профилактикаға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.
Сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.