Онда республикамыздағы техникалық жоқары оқыў орынларының ректорлары, энергетика факультетлериниң деканлары қатнасты. Додалаў процесинде тараўдағы әҳмийетли ўазыйпалар, оларды әмелге асырыўдың әмелий механизмлери, билимлендириўдиң өндирис пенен интеграциясын күшейтиў мәселелери көрип шығылды.

Министр 15-апрель күни мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткерилген презентация шеңберинде энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилгенин атап өтти. Бул бағдарда Президенттиң тийисли қарары жойбарын ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Усы мүнәсибет пенен Энергетика министрлиги, тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлерге дуал билимлендириўди кеңнен енгизиў ҳәм халықтың энергетикалық мәдениятын арттырыўға қаратылған анық усыныслар таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте дуал оқытыўдың нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, оқыў бағдарламаларын әмелий талапларға бейимлестириў, илимий ҳәм инновациялық жумысты қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ҳәр жылы "Ең жақсы илимий қолланба" стартап таңлаўларын өткерип, жеңимпаз болған жойбарларды өндириске енгизиў ҳәм олардың авторларын хошаметлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дуал билимлендириўди енгизиўди басқышпа-басқыш әмелге асырыў белгиленди:

биринши курста теория бойынша 80 процент, әмелият бойынша 20 процент;

екинши курста - теорияның 60 проценти ҳәм әмелияттың 40 проценти;

үшинши курста - теорияның 50 проценти ҳәм әмелияттың 50 проценти.

Төртинши курс студентлери кәсиплик көнликпелерин беккемлеў мақсетинде 2 айдан 3 айға шекемги мүддетте өндирис процесслеринде мәжбүрий қатнасыўы нәзерде тутылған.

Энергия нәтийжелилиги тараўындағы илимий-изертлеў жумысларына айрықша тоқтап өтилди. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң 14 аймағында 300 ден аслам профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлер, 150 ден аслам студент-жаслар тәрепинен илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта.

Санаат кәрханаларында энергия аудити системасын енгизиў мақсетинде 15 жоқары оқыў орнында энергия аудиторларын таярлаў бойынша қысқа мүддетли курслар шөлкемлестирилди. Бул әмелиятты 2026-жылы және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында қатнасыўшыларға белгиленген барлық бағдарлар бойынша анық ҳәм әмелий бағдарланған усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.