Өзбекстанда азық-аўқат шығындыларын қысқартыў ҳәм утилизациялаў илажлары күшейтиледи

    Социаллық турмыс 21 қыркүйек 2025 789

    Министрлер Кабинетиниң 16.09.2025-жылдағы 589-санлы қарарында улыўма аўқатланыў кәрханаларында пайда болатуғын азық-аўқат шығындыларынан нәтийжели пайдаланыў, олардың қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў ҳәм шығындылардың нормадан артық пайда болыўының алдын алыў илажлары белгиленген.

    Улыўма аўқатланыў тараўында азық-аўқат шығындыларының пайда болыўын азайтыў ҳәм нормадан артық шығындылардың алдын алыўға қаратылған "Оқилона истеъмол" («Save food») бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланды.

    "Ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў ҳаққында"ғы нызамның 31-статьясына муўапық, белгиленген нормадан артықша патасланған өндирислик ақаба суўларды шығарып жиберетуғын юридикалық тәреплер ҳәм исбилерменлер ақаба суўларды жергиликли тазалаў қурылмаларында дәслепки тазалаў жумысларын әмелге асырыўы керек.

    Товар ислеп шығарыў (хызмет көрсетиў) процесинде белгиленген нормадан артықша патасланған ақаба суў пайда ететуғын жаңа тутыныўшыларды ақаба суў тармақларына жалғаў тек ғана жергиликли тазалаў қурылмалары болған жағдайда әмелге асырылады.

    2026-жыл 1-июльден баслап май өнимлерин ақаба суўлардан ажыратып алыўды тәмийинлейтуғын май услағышларға ийе болған улыўма аўқатланыў кәрханаларына орайласқан суў тарқатыў системаларына жалғаныўға рухсат бериледи. Олар ҳәр айда кеминде бир мәрте май услағышларды исленген майлардан тазалаўы, сондай-ақ, исленген майларды қайта ислеў ҳәм утилизациялаўды әмелге асырыўы шәрт.

    Газ болмаса, ағаш ямаса көмирден пайдаланылса, атмосфераны патасландырыўшы затлар ҳәм ийислерди услап қалыўшы қурылмалар орнатылыўы керек.

    2026-2030-жыллар Өзбекстанда "Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша айрықша дәўир" деп жәрияланды. Бунда төмендегилер режелестириледи:

    тойлар, шаңарақлық салтанатлар, байрамлар ҳәм мәресимлердиң белгиленген тәртипте өткерилиўи үстинен қатаң қадағалаўды әмелге асырыў;

    халықты жетерли муғдардағы сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм олардың артықша шығындысының алдын алыў илажларын көрсин;

    орташа суткалық аўқатланыўдың рационал нормалары тийкарында дурыс аўқатланыў мәселелери бойынша халық арасында түсиндириў жумысларын алып барыў;

    азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў шығындыларының қайта ислеў кәрханаларына тапсырылыўын тәмийинлеў.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates