Қарарға муўапық, орайласқан дәреклер есабынан әмелге асырылатуғын көп квартиралы турақ жайларды оңлаў, реконструкциялаў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша инвестициялық жойбарларды таңлап алыў ҳәм әмелге асырыў тәртиби белгиленбекте, оған муўапық:
жойбар усыныслары халық депутатлары район (қала) лық Кеңеслеринде мәжбүрий түрде додаланыўы ҳәм тек ғана тийисли қарар менен мақулланғанынан кейин әмелге асырылыўы;
қәлиплестирилген усыныслар бойынша жойбар алды излениўлери ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқарыў шөлкемлери ҳәм жойбарлаў институтлары менен биргеликте өткериледи.
Сондай-ақ, басқарыў компаниялары көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақтағы барлық терек ҳәм путаларды хатлаўдан өткериўи шәрт. Бул ҳаққындағы мағлыўматлар "Мениң үйим" мәлимлеме-биллинг системасында сәўлелендириледи.
Орайласқан ишимлик суўынан пайдаланыўшылардың көп қабатлы турақ жайлардағы нәллерди суўғарыўды есапқа алыў үскенелери орнатылған жағдайда сутканың қәлеген ўақтында әмелге асырыўына рухсат бериледи.
2026-жыл 1-июльден баслап:
Ташкент қаласында улыўма жыйналысларды баслама етиў, өткериў ҳәм қарар қабыл етиў, шәртнамалар дүзиў, сондай-ақ, мүрәжатларды қабыл етиў тек ғана "Мениң үйим" МБС арқалы әмелге асырылады, 2027-жылдан баслап болса бул тәртип пүткил республикамызға енгизиледи;
улыўма мүлкти ижараға бериўден келип шығатуғын мәжбүрий төлемлердиң есабы тек ғана "Мениң үйим" МБС арқалы жүргизиледи.