Ҳүжжетке муўапық, IT-visa төмендеги категориядағы шахсларға да бериледи:
- мәлимлеме технологиялары тараўындағы сырт ел инвесторлары ҳәм қәнигелерине;
- Технопарк резидентлериниң шөлкемлестириўшилерине (қатнасыўшыларына), олардың жеке тәртиптеги атқарыўшы уйымының функцияларын атқарыўшы физикалық шахсларға, сондай-ақ, коллегиал атқарыўшы уйымның баслықлары ҳәм олардың орынбасарларына;
- Санлы стартаплар бағдарламасының қатнасыўшылары болған стартап жойбарларының шөлкемлестириўшилери (қатнасыўшылары) ҳәм қәнигелерине;
- мәлимлеме технологиялары тараўында илим кандидаты, философия докторы (PhD) ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесине ийе болған сырт елли жоқары билимлендириў шөлкемлериниң профессор-оқытыўшыларына.
Сондай-ақ, IT-visa бериў ушын усыныс алыўдың жаңа нормалары белгиленди:
Сырт ел инвесторы - юридикалық шахсты (Өзбекстан Республикасының IТ тараўындағы резидентин) кеминде 30 мың АҚШ доллары эквиваленти муғдарында қаржыландырыўды әмелге асырыўшы шахс ямаса бундай юридикалық шахстың устав фондындағы үлеси кеминде 30 мың АҚШ долларын қураўшы шахс.
Технопарк резидентиниң шөлкемлестириўшиси - технопарк резидентиниң шөлкемлестириўшиси (қатнасыўшысы) болған физикалық шахс, егер оның устав фондындағы үлесиниң муғдары кеминде 30 мың АҚШ долларын қураған болса.