Қарар шеңберинде фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелерин қаржылай қоллап-қуўатлаў инструментлери кеңейтилмекте. Қәнигелестирилген қор қаржылары есабынан хожалықларды жоқары дәраматлы өнимлерге қәнигелестирип атырған шебер фермерлер ушын субсидиялар, сондай-ақ, ески бағларды реконструкциялаў, жаңа нәллер егиў, тамшылатып суўғарыў ҳәм жаўын суўын жыйнаў системаларын орнатыў қәрежетлериниң компенсациялары енгизиледи. Суў жетиспейтуғын аймақларда қудық қазыў ҳәм қуяш панеллерин орнатыў қәрежетлериниң 70 процентке шекемги бөлегин қаплаў нәзерде тутылған.

Өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға 50 миллион сумға шекем, шарўашылық ҳәм туризм мәҳәллелеринде 100-150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериледи. Онда кредит қаржылары есабынан сатып алынатуғын товарлар ҳәм хызметлер ушын алдыннан төлем талап етиў бийкар етиледи.

2026-жыл март айынан баслап "Мәҳәлле жойбары" бағдарламасы шеңберинде кредит процент ставкалары бойынша компенсациялар, сондай-ақ, "Социаллық реестр"деги шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары - турақ жайларды ысытыў, энергия үнемлейтуғын айналар ҳәм альтернатив энергия дәреклерин орнатыў енгизиледи.

Рәсмий емес бәнтликке қарсы гүресиў күшейтиледи. Нызамбузыўшылыққа жол қойған жумыс бериўшилерге ескертиўлер бериледи, мийнет шәртнамасын ықтыярлы түрде рәсмийлестирип, бир ай мүддетте мийнет ҳақы төлегенде ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи. Соның менен бирге, бундай бузылыўлар исбилерменлердиң турақлылық рейтингин төменлетиўши факторға айланады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».