Өзбекстанда электрон рецепт тийкарында рецепт пенен берилетуғын дәри- дәрмақларын тайынлаў тәртиби тастыйықланды

    Саламатлық 12 қыркүйек 2025 733

    Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң 08.09.2025-жылдағы 570-санлы қарары менен Медицина шөлкемлеринде рецепт бойынша дәри-дәрмақларын электрон рецепт тийкарында бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Режеге муўапық, рецепт бойынша таярланған дәри-дәрмақлар Өзбекстанда дизимнен өткерилиўи керек.

    Медицина хызметкерлери наўқастың мағлыўматларын медициналық шөлкемде енгизилген мәлимлеме системасына киргизеди ҳәм ол автомат түрде "Электрон медициналық карта" модулине өткериледи.

    Дәри-дәрмақлар усы мәлимлеме системасында электрон рецепт рәсмийлестириў арқалы наўқасқа тайынланады.

    Рецепт емлеўши шыпакер тәрепинен электрон түрде тастыйықлаў усыллары жәрдеминде автомат түрде QR-код қойылған ҳалда тастыйықланады. Бунда электрон рецептке тийисли зәрүр мағлыўматлар "Электрон рецепт" модулине автомат тәризде жибериледи.

    Шыпакерлерге электрон рецепт тийкарында наўқасқа белгиленген ҳәм усақлап сатылған дәри-дәрмақлардың ҳәрекетин бақлап барыў имканияты жаратылады.

    Электрон рецептке байланыслы барлық мағлыўматлар автоматикалық түрде наўқастың электрон медициналық картасына киргизиледи.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates