Режеге муўапық, рецепт бойынша таярланған дәри-дәрмақлар Өзбекстанда дизимнен өткерилиўи керек.

Медицина хызметкерлери наўқастың мағлыўматларын медициналық шөлкемде енгизилген мәлимлеме системасына киргизеди ҳәм ол автомат түрде "Электрон медициналық карта" модулине өткериледи.

Дәри-дәрмақлар усы мәлимлеме системасында электрон рецепт рәсмийлестириў арқалы наўқасқа тайынланады.

Рецепт емлеўши шыпакер тәрепинен электрон түрде тастыйықлаў усыллары жәрдеминде автомат түрде QR-код қойылған ҳалда тастыйықланады. Бунда электрон рецептке тийисли зәрүр мағлыўматлар "Электрон рецепт" модулине автомат тәризде жибериледи.

Шыпакерлерге электрон рецепт тийкарында наўқасқа белгиленген ҳәм усақлап сатылған дәри-дәрмақлардың ҳәрекетин бақлап барыў имканияты жаратылады.

Электрон рецептке байланыслы барлық мағлыўматлар автоматикалық түрде наўқастың электрон медициналық картасына киргизиледи.