Режеге муўапық, жәмийетлик топарларға тек ғана 18 жастан өткен Өзбекстан пуқаралары тартылады.

Топар ағзасы болыўды қәлеўши шахслар волонтёрлардың электрон платформасы (volontyor.uz) арқалы дизимге алынғаннан кейин аймақлық айрықша жағдайлар басқармаларына арза менен мүрәжат етеди.

Жәмийетлик топарлардың ағзалары ушын төмендеги жеңилликлер нәзерде тутылған:

Айрықша жағдайлар министрлиги академиясының бакалавриатына оқыўға кириўде топлаған балларының қосымша 5 процентин бериў (айрықша жағдайлар министриниң усынысы тийкарында);

"мәҳәлле жетилиги"ниң усынысы тийкарында аймақлық қутқарыў структураларына қутқарыўшы лаўазымына жумысқа қабыл етиўде үстинлик бериў.

Академияға оқыўға кириўде қосымша балл алыў ушын усыныс АЖМ тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда жеңимпаз болған волонтёрларға бериледи.

Таңлаўда 18 жастан 25 жасқа шекемги волонтёрлар қатнаспақта.

Волонтёрлардың жумысы район (қала), ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде төмендеги нормалар тийкарында баллық система тийкарында баҳаланады:

айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша "мәҳәлле кесиминде" ислеў;

айрықша жағдайларда излеў-қутқарыў жумысларында қатнасыў;

Айрықша жағдайлар аймағында халыққа биринши медициналық жәрдем көрсетиў, евакуация илажларында қатнасыў ҳәм басқалар.

Баҳалаў нәтийжелери бойынша 14 волонтёрға (ҳәр бир аймақтан 1 адамнан) усыныснама бериледи.

Усыныснама 1 оқыў жылы даўамында әмел етеди.