Мақсет - турақ жай тараўының турақлы ҳәм тең салмақлы раўажланыўын тәмийинлеў, ҳәр жылы қурылатуғын турақ жайлардың санын 2 есеге арттырып, 421 мыңға жеткериў, 10 еседен зыят арттырыў ҳәм 2040-жылға шекем ипотека кредитлери портфелин 56,7 миллиард долларға жеткериў.

Турақ жай тараўын турақлы ҳәм тең салмақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары:

ири агломерацияларда қала орталығының раўажланыўын тәмийинлеген ҳалда турақ жай фондының өсиўин ҳәм урбанизация процесслерин қоллап-қуўатлаў;

халықтың турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў жумысларын избе-из даўам еттириў, 2040-жылға шекем турақ жай фондында заманагөй турақ жайлардың үлесин 50 процентке жеткериў;

турақ жай базарына банк қаржыландырыўын ҳәм институционаллық инвесторлардың қаржыларын, соның ишинде, ипотека кредитинен пайдаланыў арқалы тартыў;

үлеслик қурылысқа инвестициялар киргизиўши физикалық шахслардың ҳуқықларын қорғаў;

"Турақ жайдың бирден-бир турмыс цикли" принципи тийкарында турақ жай қурылысы тараўын комплексли реформалаў ҳәм оны әмелге асырыўдағы тосқынлықларды сапластырыў.

Қурылысы жуўмақланбаған турақ жайлар ҳәм санаат зоналары, турақ жай массивлериниң инженерлик, транспорт ҳәм социаллық инфраструктурасын қурыўда комплексли қурылыс принципи тийкарында экологиялық таза өнимлер ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан пайдаланылады.

Комплекс қурылыс принципи шеңберинде төмендегилер тәмийинленеди:

қурылыс бағдарламаларын тек ашық-айдын ҳәм толық ислеп шығылған режелер тийкарында таярлаў;

комплексли қурылыс ушын ажыратылатуғын жер участкаларының меншиклестириў бағдарламаларына киргизилиўине ямаса басқа жойбарларға тартылыўына, сондай-ақ, мақсетли бағдарының өзгертилиўине жол қоймаў;

жер участкалары, көшпес мүлк объектлери ҳәм олардың ҳуқық ийелери ҳаққында толық мағлыўмат бериў;

көшпес мүлк объекти мүлк ийесиниң көшпес мүлк объекти жайласқан жер участкасына ижара ямаса мүлк ҳуқықына ийелик етиўге болған толық ҳуқықын кепиллеў.

Ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатында Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети шөлкемлестирилди. Ол Министрлер Кабинети менен тығыз бирге ислеседи ҳәм оның тийкарғы жумыс бағдарлары:

урбанизация процесслерин муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў;

нәтийжели ҳәм турақлы турақ жай сиясатын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

реновация бағдарламаларының нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

"Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў бойынша жумысларды муўапықластырыў, аймақларды таңлаўда урбанизациялаўдың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген нормалары ҳәм принциплерине әмел етилиўин тәмийинлеў.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Кадастр агентлиги Урбанизация ҳәм турақ жай базарын турақлы раўажландырыў миллий комитети системасына өткерилмекте.

Ҳүжжет пенен:

2040-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары;

2040-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша мақсетли көрсеткишлер;

2040-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасында турақ жай ҳәм ипотека базарын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша илажлар комплекси;

Ҳүжжет 20.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».