Атап айтқанда, байрам күнлери "Вақф" қайырқомлық фондына бириктирилген зыярат етиў орынларына кириў билетлерине белгиленген прейскурант баҳасынан 10 процент шегирме берилиўи режелестирилген.

Сондай-ақ, Мәдений мийрас агентлигине қараслы мәмлекетлик музейлерге байрам күнлеринде:

мәдений мийрас объектлери ҳәм мәмлекетлик музейлердиң ашық-айдын ислеўин тәмийинлесин;

музейлерге ҳәм мәдений мийрас объектлерине кириў билетлерине шегирмелер жәриялаў.

Сондай-ақ, туризм тараўы исбилерменлери мийманхана, мийман үйлери ҳәм басқа да орналастырыў орынларында жасаў ушын 20 процентке шекемги шегирмелерди ықтыярлы түрде бермекте.

Бул шегирмелер жергиликли ҳәм сырт елли туристлер ушын қолайлы шараят жаратып, Наўрыз байрамын елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларында қызықлы өткериў имканиятын бермекте. Бул, өз гезегинде, халықтың Өзбекстанның тарийхый ҳәм мәдений мийрасына қызығыўшылығының артыўына хызмет етпекте.

Буннан тысқары, Мәденият министрлиги қарамағындағы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик театрларында 21-27-март күнлери "Театр тамашалары ҳәптелиги" шеңберинде театр ықласбентлери ашық кассалардан мирәтнама билетлерин алып, бийпул спектакллерди тамашалаўы мүмкин.

Бундай илажлар ишки туризмди раўажландырыў, мәдений мийрас объектлеринен нәтийжели пайдаланыў, халықтың дем алыў мәдениятын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтиў керек.